Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Елликқала районында болды

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Нуразизов Елликқала районында болып, аймақта әмелге асырылып атырған жумыслар, халық ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳәм жаслардың басламалары менен танысты.
Дәслеп, Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары районлық мәлимлеме-китапхана орайының жумысы менен танысты. Бул жерде китапқумарлықты раўажландырыў, халыққа мәлимлеме-китапхана хызметлерин көрсетиў ҳәм жаслардың китапқа болған қызығыўшылығын арттырыў бағдарындағы жумыслар менен танысты.
Буннан соң, Жалаладдин Мангуберди атындағы дем алыў бағында мастер-реже тийкарында аймақты раўажландырыў ҳәм абаданластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар көрип шығылды. Сондай-ақ, Жаслар сейил етиў орнының жумысы менен танысып, жаслардың мазмунлы дем алыўын шөлкемлестириўге қаратылған имканиятларға итибар қаратылды.
Буннан кейин Ташкент мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы жас исбилермен Абдуллаева Ситораның үй шараятында хожалық сабынын ислеп шығарыў жумысы да үйренилди.
Сондай-ақ, Истиқлол мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Алимбаева Мадинаның замаррық жетистириў жойбары да көзден өткерилди. Бундай жойбарларды көбейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.
.jpg)
.jpg)
.jpg)
