ДЫҚҚАТ, ТАҢЛАЎ!

"АЎҚАТЛАНЫЎДЫҢ АЛТЫН ҚАҒЫЙДАЛАРЫ" АТАМАСЫНДА ВИДЕОРОЛИКЛЕР ТАҢЛАЎЫ!
Халқымыз арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, дурыс аўқатланыў мәдениятын арттырыў ҳәм түрли кеселликлердиң алдын алыў мақсетинде "Аўқатланыўдың алтын қағыйдалары" атамасында видеороликлер таңлаўы өткериледи!
Таңлаўда:
Қарақалпақстан Республикасындағы шаңарақлық шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақлық поликлиникаларда жумыс алып барып атырған басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем медицина бригадалары қатнасыўы мүмкин.
Дизимнен өтиў мүддети: 2-15-ноябрь
Таңлаўда қатнасыў ушын өзиңиз ҳәм мәкемениз ҳаққындағы мағлыўматларды арнаўлы комиссияның https://t.me/qrdsmbot Телеграм боты арқалы жибериң:
Видеороликке қойылатуғын талаплар:
Тема: Туўры ҳәм саламат аўқатланыў қағыйдалары;
Даўамлылығы: 30 секундтан 3 минутқа шекем;
Форматы: МP4;
Видеоролик оригинал, түсиникли, дөретиўшилик пенен ҳәм халық ушын пайдалы болыўы керек;
Сүўретке алыў жумыслары медицина бригадасына бириктирилген мәҳәлле аймағында, реал турмыслық мысаллар тийкарында әмелге асырылыўы керек.
🏆 Таңлаўда жеңимпазлар ушын ажыратылған саўғалар:
🥇 1-орын — 25 000 000 сум (1 орын)
🥈 2-орын — 10 000 000 сум (2 орын)
🥉 3-орын — 5 000 000 сум (3 орын)
Саламат аўқатланыў — саламатлық гиреўи!
Ҳүрметли медицина хызметкерлери! Өз дөретиўшилик идеяларыңыз бенен таңлаўда белсене қатнасың ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеўге өз үлесиңизди қосың!