Тайынлаў
292

Махсетбаев Полат Махсетбаевич - Өзбекстан Жас фермерлер кеңеси баслығының орынбасары лаўазымына тайынланды.
Тайынлаўға шекем П.Махсетбаев Жаслар ислери агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы лаўазымында жумыс алып барды.
Жасларымыздың басламаларын, потенциалын жүзеге шығарыў ҳәм жәмийеттеги белсендилигин арттырыў бағдарындағы жумыслары менен ҳүрметке ерискен жерлесимиздиң бул жуўапкершиликли лаўазымда нәтийжели хызмет етиўине тилеклеспиз.
Полат Махсетбаевичке жаңа жуўапкершиликли ўазыйпасында үлкен табыслар тилеймиз!