Қарақалпақстанға грант қаржыларын тартыў бойынша сөйлесиўлер алып барылды
.jpg)
Италияның Рим қаласында усы мәмлекеттиң абыройлы финанслық институты есапланған «Cassa Depositi e Prestiti» (CDP) миллий раўажланыў институты бас штаб-квартирасында рәсмий еки тәреплеме ушырасыў шөлкемлестирилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Сыртқы бийғәрез көмек қаржыларын (грантларды) тартыў ҳәм донорлар менен ислесиў орайы директоры К.Идирисов басшылығындағы делегация қатнасты.
Сөйлесиўлер CDP институтының Дипломатиялық байланыслар ҳәм халықаралық тармақлар бөлими баслығы Жоржа Прелаз ҳәм Халықаралық раўажланыўды қаржыландырыў департаментиниң бир қатар жуўапкер ўәкиллери менен алып барылды.
Онда Аралбойы регионында жасыл экономика, турақлы раўажланыў, аўыл хожалығына заманагөй инновацияларды енгизиў ҳәм экологиялық жағдайды жақсылаўға қаратылған перспективалы жойбар басламалары усынылып, келешекте грант қаржыларын тартыўдың тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды.

