Жоқарғы Кеңес Баслығы Беруний районында жаслар менен ушырасты

Президентимиз тәрепинен алға қойылған ҳәм бүгинги күнде турақлы әмелге асырылып атырған "Ҳәр пийшемби - Жаслар күни" басламасы елимизде жаслар менен ислесиўдиң пүткиллей жаңа, нәтийжели ҳәм мәнзилли системасын қәлиплестирмекте. Бул баслама жаслардың тек ғана машқалаларын тыңлаў емес, ал олардың арзыў-нийетлерин жүзеге шығарыў, потенциалын толық көрсетиўи ушын беккем тийкар жаратпақта.
Усы илажлардың шеңберинде бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Беруний районындағы бир қатар жумыссыз ҳәм аталыққа алынған жаслар менен ушырасыў өткерди.
Атап өтилгениндей, елимизде жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бири есапланады.
Өткерилген ушырасыўда бул бағдарда жасларға жаратылып атырған имканиятлар кеңнен түсиндирилди. Соның менен бирге, мине, усы имканиятлардан үнемли пайдаланып, ҳәр қыйлы бағдарларда жоқары нәтийжелерге ерисип атырған жаслардың қатары барған сайын кеңейип атырғаны айрықша тилге алынды.
Ушырасыў даўамында жаслар белсендилик көрсетип, өзлерин қызықтырып атырған мәселелер, әмелде ушырасып атырған машқалалар ҳәм алға қойылып атырған усыныс ҳәм басламалар тиккелей билдирди.
Ҳәр бир көтерилген мәселе Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынып, тараў жуўапкерлерине оларды қысқа мүддетлерде унамлы шешиў бойынша анық тапсырмалар берилди.



.jpg)

.jpg)