Бир топар перзентлеримизге және күлки инәм еткен шыпакерлерге миннетдаршылық билдирилди

Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен барлық тараўлар қатарында медицина тараўына қаратылып атырған итибар нәтийжесинде бүгинги күнде тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар жаңа басқышқа көтерилип бармақта.
Мине усындай ийгиликли илажлар қатарында жақында республикамызда екинши мәрте «Күлки инәм етемиз («Дарим улыбку») халықаралық қайырқомлық фонды тәрепинен акция өткерилди. Бул акция шеңберинде 180 нен аслам наўқас бала медициналық тексериўден өткерилди. Соннан, 60 қа жақын балада қурамалы хирургиялық операциялар бийпул әмелге асырылды. Нәтийжеде, шын мәнисинде бул балаларға күлки, олардың жақынларына қуўаныш инәм етилди.
Бүгин усы акцияны өткериўде белсендилик көрсеткен сырт елли шыпакерлер менен ушырасыў өткерилип, оларға миннетдаршылық билдирилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев бул исленген ийгиликли басламаны халқымыз жоқары дәрежеде баҳалайтуғынлығы ҳәм қәдирлейтуғынлығын атап өтти.
Илаж даўамында Жоқарғы Кеңес Президиумы қарары менен бир топар қәнигелер мүнәсип баҳаланды ҳәм көкирек белгиси, баҳалы саўғалар тапсырылды.
.jpg)


.jpg)

