Нөкис районында томат заводы иске түсирилди

Бүгин Нөкис районында помидордан «Айдынлар» бренди астында томат пастасын ислеп шығарыўшы жаңа заводтың ашылыў мәресими болып өтти.
Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан ушын өз алдына берилген жеңилликлер ҳәм имканиятлар нәтийжесинде жаңа кәрханалар саны артып, көплеген жойбарлар иске түсирилмекте.
Мине усындай жойбарлардың бири болған томат ислеп шығарыў заводы улыўма 15 млрд. сум қаржы есабынан иске түсирилди. Нәтийжеде, суткасына 70 тонна өнимди қайта ислеў ҳәм жылына 1000 тоннадан аслам таяр өним ислеп шығарыў қуўатлығы, жаслар ушын болса 40 қа жақын жумыс орны жаратылды.
Албетте, бул жойбардың иске түсирилиўи жергиликли помидор өнимлерин экспортбап усылда қайта ислеўге, районның экономикалық потенциалын арттырыўға ҳәм район халқының ийгилиги жолында узақ жыллар даўамында хызмет етеди.
Өткерилген илаж даўамында нураный-ақсақаллар, аймақ турғынлары жаңа завод жумыслары менен жақыннан танысты.


.jpg)




.jpg)