Ҳүрметли футбол ықласбентлери!

Усы жылдың 1-ноябрь күни «Туран стадионында Суперлига жолламасы ҳәм бир ўақыттың өзинде Пролига жеңимпазлығын қолға киргизген «Арал» футбол клубы ҳәм Қызлар 1-лигасында чемпионлықты қолға киргизип, Жоқары Лига жолламасын қолға киргизген «Арал-W» қызлар командасына Кубоклар тапсырыў мәресими болып өтеди.
Пролиганың гезектеги 25-турда «Арал» «Ғазалкент» футбол клубын үйде қабыллайды.
1-ноябрь күнги беллесиў 17:00 де старт алады.
Соны айрықша айтыў керек, «Арал» 25 жылдан кейин Өзбекстанның ең жоқары лигасына қайтпақта. Ал, «Арал-W» қызлар командамыз болса тарийхта биринши мәрте чемпионлықты қолға киргизди. Әлбетте, бул республикамыз халқы ҳәм футбол ықласбентлери ушын қуўанышлы ўақыя болды. Қарақалпақстанлы футбол ықласбентлерине узақ күтилген Суперлига жолламасын кең түрде белгилеў ушын имканият.
Сыйлықлаў мәресими даўамында Алишер Алламбергенов, Байрам Пердебаев, Саламат Қәллибеков, Бахтияр Жуматаев, Сарбиназ Аннакулова, Алишер Байниязов, Арысланбек Асқаров, Парахат Жолдасбаев, Ислам Муратбаев, Илҳам Жолдасбаев, Атабек Тәңирбергенов, Даўран Абдимов, Парахат Халмуратов, Фурқат мачо, «Айқулаш» Қарақалпақ мәмлекетлик миллий фольклор ансамбли жигит-қызлары атқарыўындағы концерт бағдарламасы, сондай-ақ, салютлер шоусы өткериледи.
Бәрше футбол ықласбентлерин 1-ноябрь күни Туран стадионында командамызды қоллап-қуўатлаўға, Пролига ҳәм Қызлар 1-Лигасы кубокларын тапсырыў мәресимин ҳәм Суперлига жолламасын кең түрде белгилеўге шақырып қаламыз.