Қәдирли Ўатанласлар!
297

Ҳүрметли футбол ықласбентлери!
Бүгин Қарақалпақстанда өзине тән футбол байрамы!
Туран стадионында саат 16:00 ден баслап, эстрада жулдызлары, көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери, халқымыз сүйген қосықшылар атқарыўында концерт бағдарламасы басланады.
Жаңаланған Туран футбол байрамында сизди күтпекте.
Сондай-ақ, саат 17:00 де Пролиганың гезектеги 25-турында «Арал» «Ғазалкент» футбол клубына қарсы майданға түседи.
Буннан соң, Суперлига жолламасы ҳәм бир ўақыттың өзинде Пролига жеңимпазлығын қолға киргизген «Арал» футбол клубы ҳәм Қызлар 1-лигасында чемпионлықты қолға киргизип, Жоқары Лига жолламасын қолға киргизген «Арал-W» қызлар командасына Кубоклар тапсырыў мәресими болып өтеди.
Бәрше футбол ықласбентлерин Туран стадионында күтип қаламыз.