Қарақалпақстанда бүгин ҳақыйқый футбол байрамы кең түрде белгиленбекте

Туран стадионында «Арал» футбол командамыз Про Лига ойынларында мүддетинен алдын чемпионлықты қолға киргизип, Суперлигаға жоллама алғаны, сондай-ақ, «Арал-W» қызлар командасының Биринши Лигада чемпион болып, Жоқары Лигаға шыққаны мүнәсибети менен Кубокларды тапсырыўға арналған салтанатлы илаж өткерилди.
Дәслеп, Про Лиганың гезектеги 25-туры шеңберинде «Арал» «Ғазалкент» футбол клубына қарсы майданға түсип, ойын жуўмағында 2:0 есабында жеңиске еристи.
Атап өтиў орынлы, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанда футболды раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибар бүгин өзиниң күтилген нәтийжесин бермекте.
25 жыллық тәнепистен соң «Арал» командамыздың мүддетинен алдын чемпионлықты қолға киргизип, Суперлигаға қайтқаны буның айқын көриниси болды. Ал, қызлар командамыз да өз тарийхында биринши мәрте Биринши Лига жеңимпазлығын ҳәм Жоқары Лига жолламасын мүддетинен алдын жеңип алды.
Әлбетте, бул нәтийжелер артында Президентимиздиң қоллап-қуўатлаўы, Туран стадионының жаңаланып, пайдаланыўға тапсырылыўы, спортшыларымыз ушын материаллық-техникалық базаның беккемленгени ҳәм футболшыларымыздың тынымсыз мийнетлери тур.
Туран стадионында салтанатлы түрде Кубоклар тапсырылып, халқымыз, футбол ықласбентлери менен бирге кең түрде белгиленди.
Буннан соң, Нөкис қасындағы зәўлим орынлардың биринде, футболшыларымыз, олардың тренерлери ҳәм тараў ўәкиллери мүнәсип сыйлықланды.