«Кәсиплик аўқамлары күни» байрамы белгиленди

Бүгин Нөкис қаласындағы зәўлим орынлардың биринде «Кәсиплик аўқамлары күни» мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз тәрепинен пуқаралардың мийнет ҳуқықларын қорғаўға, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге ҳаял-қызларды ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаўға, кәмбағаллықты қысқартыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли илажлар алып барылмақта.
Әлбетте, бундай ийгиликли ислерди әмелге асырыўда кәсиплик аўқамлары халықшыл ҳәм демократиялық структура сыпатында мүнәсип үлес қосып келмекте. Сол қатарда усы жылы социаллық қорғаўға мүтәж, напақадағы ҳәм майыплығы болған ҳәм өзгелер күтимине мүтәж шахсларға, кем тәмийинленген шаңарақлардың перзентлерине материаллық жәрдемлер көрсетилди. 9 мыңға жақын хызметкер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын саяхатлар шөлкемлестирилди. Пуқаралардың мийнет жәмәәтлериндеги ҳуқықлары тиклеў жумыслары даўам еттирилди.
Бүгинги өткерилген илажда да мине усындай жумыслар кең түрде сөз етилди. Сондай-ақ, бир топар тараў ўәкиллери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кенесиниң Президиум қарары менен көкирек белгилери ҳәм Ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.
Илаж көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.


.jpg)


