Қанлыкөл районында бәнтлик ҳәм исбилерменлик ярмаркасы шөлкемлестирилди

Бүгинги күнде халықтың мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў, оларды дәраматлы қылыў ҳәм исбилерменлигин баслаўына көмеклесиў мақсетинде әмелий илажлар даўам еттирилмекте.
Усындай илажлар қатарында бүгин Қанлыкөл районында социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақлар ушын бәнтлик ҳәм исбилерменлигин баслаў ушын арнаўлы әсбап-үскенелер ярмаркасы шөлкемлестирилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бағдарындағы илажлар буннан-былай да даўам еттирилетуғынлығын атап өтти.
Ярмаркада үй шараятында бизнес баслаў ушын зәрүр техникалар, әсбап-үскенелер, сондай-ақ, социаллық қоллап-қуўатлаўға мүтәж шаңарақлар ушын берилген жеңилликлер ҳәм имканиятлар презентациясы таныстырылды.
Жумыссыз ҳәм социаллық реестрге киргизилген халық қатламы ушын барлық жеңилликлер, субсидиялар ҳәм жәрдем түрлери толық түсиндирилди, зәрүр мағлыўматлар берилип, имканиятлар көрсетилди.
Олардын ҳәр қандай басламасы қоллап-қуўатланатуғынлығы атап өтилди.



.jpg)
.jpg)
.jpg)