ХОШ ХАБАР!

ҚМУ – Азияның ең жақсы университетлери қатарында!
"Quacquarelli Symonds (QS)" халықаралық рейтинг агентлиги тәрепинен Азияның ең жақсы жоқары оқыў орынлары рейтинги – "QS World University Rankings: Asia – 2027" жәрияланды. Қуўанышлы тәрепи, бул халықаралық рейтингтен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети де мүнәсип орын ийеледи.
Бул нәтийже, ең дәслеп, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен билимлендириў тараўына, атап айтқанда, Қарақалпақстанда билимлендириўдиң сапасын арттырыў, жоқары билимлендириў мәкемелериниң илимий ҳәм академиялық потенциалын арттырыўға қаратылып атырған жоқары итибар ҳәм жаратылып атырған кең имканиятлардың әмелий көриниси болып табылады.
Соның менен бирге, билимлендириў системасында избе-из әмелге асырылып атырған реформалар, билимлендириў ҳәм илим интеграциясын беккемлеў, халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў және жоқары билимлендириў мәкемелериниң халықаралық академиялық майдандағы абырайы ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыў бағдарындағы ҳәрекетлердиң әҳмийетли нәтийжеси болып есапланады.
Бул жетискенлик университет жәмәәти ушын үлкен жетискенлик болып, келешекте билимлендириўдиң сапасын ҳәм илимий потенциалды және де арттырыў, халықаралық көлемдеги абырайды беккемлеў жолында жаңа шеклерди ийелеўге хызмет етеди.