III халықаралық химия Олимпиадасының ашылыўына арналған илаж болып өтти

Бүгин Нөкис қаласындағы «Ақ қуў» комплексинде мектеп оқыўшыларының химия пәнине байланыслы теориялық билимлерин ҳәм әмелий көнликпелерин сынақтан өткериўге қаратылған Әбиў Райхан Беруний атындағы III халықаралық химия Олимпиадасының ашылыўына арналған илаж өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды Олимпиада ашылыўы мүнәсибети менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында тәлим-тәрбия системасын халықаралық стандартлар тийкарында раўажландырыў, жасларды ҳәр тәреплеме билимли етип камалға келтириў, оларды қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли әмелий илажлар алып барылмақта.
Елимизде үшинши мәрте өткерилип атырған халықаралық химия Олимпиадасы да мине усындай илажлардың әмелий нәтийжеси есапланады.
Олимпиада беллесиўлери жаслардың қызығыўшылығы ҳәм билим, көнликпелерин раўажландырыўда, өз-ара дослық қатнасықларын беккемлеўде әҳмийетли орын ийелейди.
Онда дүньяның 20 мәмлекетинен келген 120 дан аслам ең билимли ҳәм зийрек жаслар бир ҳәпте даўамында өз билимлерин сынақтан өткереди.
Әлбетте, бул халықаралық Олимпиада жаслардың химия пәнине болған қызығыўшылығын еле де арттырыўға хызмет етеди ҳәм алдағы оқыўларында үлкен мотивация болады.


.jpg)
.jpg)

