АРБИЧО 2026: Олимпиаданың Әмелий басқышы өткерилмекте
284

Абу Райхан Беруний атындағы Халықаралық химия олимпиадасының ең әҳмийетли ҳәм жуўапкершиликли басқышларынан бири — әмелий имтихан рәсмий түрде басланды.
Ҳәзирги ўақытта дүньяның түрли мәмлекетлеринен келген ең қәбилетли жас химиклер заманагөй лабораторияларда өзлериниң тәжирийбе өткериў шеберлиги, аналитикалық пикирлеў ҳәм әмелий көнликпелерин көрсетпекте.
Бул басқыш қатнасыўшылардың теориялық билимлерин әмелият пенен үйлестириў, қурамалы лабораториялық тапсырмаларды анықлық ҳәм пуқталық пенен орынлаў потенциалын баҳалаўға хызмет етеди.
.jpg)

.jpg)
.jpg)
.jpg)
.jpg)
