Жоқарғы Кеңес Баслығы Төрткүл районы жаслары менен пикирлести

Жаслар менен ашықтан-ашық сөйлесиў, олардың машқалаларын орнында үйрениў ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаў мәмлекетимиз жаслар сиясатында әҳмийетли орын ийелейди. Әсиресе, «Ҳәр пийшемби — Жаслар күни» шеңберинде шөлкемлестирилип атырған ушырасыўлар жасларды қыйнап атырған мәселелерге шешим табыў, олар ушын жаңа имканиятлар жаратыўға хызмет етпекте.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Төрткүл районында болып, жумыссыз ҳәм аталыққа алынған жаслар менен сәўбетлести.
Сөйлесиў даўамында жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды кәсип-өнерге бағдарлаў, исбилерменлик жумысын баслаў ҳәм раўажландырыў, жеңиллетилген кредитлерден пайдаланыў ҳәм билим алыў имканиятларын кеңейтиў мәселелери талқыланды.
Жаслар да өзлерин қызықтырған сораўлар, бар болған машқалалар ҳәм алдағы әмелге асырыўды режелестирип атырған басламалары менен бөлисти. Олардың ҳәр бир мүрәжаты ҳәм усынысы ҳәр тәреплеме тыңланып, тийисли тараўлар бойынша жуўапкерлерге анық ўазыйпалар жүкленди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы көтерилген мәселелерди итибардан шетте қалдырмаў, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм олардың басламаларын әмелий қоллап-қуўатлаў зәрүрлигин атап өтти. Мүрәжатлардың унамлы шешилиўи жеке қадағалаўға алынды.
Әлбетте, бундай ашықтан-ашық сөйлесиўлер жаслардың мәмлекетлик уйымларға болған исенимин беккемлеў, олардың турмыста өз орнын табыўы ҳәм потенциалын жүзеге шығарыўда үлкен әҳмийетке ийе есапланады.



.jpg)
.jpg)
