"Қарақалпақстан Республикасында алып барылып атырған реформаларды және де жеделлестириўге қаратылған илажлар ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң және бир тарийхий әҳмийетке ийе 393-санлы қарары қабыл етилди.

❗️Қарар менен төмендегилер Қарақалпақстан Республикасын 2027-жылда жоқары ҳәм турақлы экономикалық-социаллық раўажландырыўдың тийкарғы мақсетлери етип белгиленди:
-жалпы аймақлық өним көлеми 108 процентке,
-санаат өнимлерин ислеп шығарыў 107 процентке,
-базар хызметлери 117 процентке,
-аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыў 105 процентке,
-қурылыс жумыслары 113 процентке өсиўин тәмийинлеў;
-экспорт көлемин 550 миллион АҚШ долларына, жәми инвестициялар көлемин еки есеге арттырып 5 миллиард АҚШ долларына жеткериў;
биринши басқышта төмен дәраматлы 125 мың шаңарақтағы 513 мың халықты жоқары дәраматлы жумыс орынларына жайластырыў;
жасыл энергияларды жаратыў арқалы углерод бирликлерин өзлестириўди экономикалық активке айландырыў;
аўыл хожалығына мөлшерленген 17 мың гектар жер майданларын экономикалық айланысқа киргизиў ҳәм шөл аймақларында 20 мың гектар майданда азықлық жетистириўди жолға қойыў;
Алдынғы архитектуралық шешим тийкарында заманагөй массивлер қурыў ҳәм социаллық тараў инфраструктурасын жақсылаў мақсетинде:
Нөкис қаласында "Жолшылар" мәҳәллеси "Ашшыкөл" аймағындағы 270 гектар майданда 50 мың халыққа мөлшерленген алдынғы архитектуралық шешим ҳәм энергия үнемлеўши технологиялар тийкарында "Nukus city" қурылады.
- үш ай мүддетте "Nukus city"ди қурыў жойбары ислеп шығылады.
Жаңа Ташкент жойбары бойынша тәжирийбелерден келип шығып, сырт ел шөлкемлериниң усыныслары тийкарында алдыңғы ҳәм креатив бас реже ислеп шығылып, архитектуралық шешимлер қолланылды;
-жасыл, энергия үнемлеўши, экологиялық турақлы ҳәм климатқа бейимлескен қурылыслар, альтернатив энергия ресурсларынан, сондай-ақ, смарт технологиялардан кеңнен пайдаланыў;
"smart city" шешимлерин қамтып алған заманагөй көп квартиралы турақ жайлар, саўда ҳәм бизнес орайлары, мийманханалар, парклер, жасыл аймақлар, фонтанлар, спорт майданшалары, социаллық тараў мәкемелери ҳәм басқа да объектлерди жайластырыў;
-"15 минутлық қала" принципи тийкарында жәмийетлик транспортты раўажландырыў мақсетинде жасыл транспорт қатнаўын жолға қойыўға шараят жаратыў;
"Қарақалпақстан инвест компаниясы" АЖ арқалы Нөкис қаласының реновация аймақларындағы халықты басқышпа-басқыш көшириў ушын "Nukus city"де турақ жайлар қурылысын шөлкемлестириў мәселелери инабатқа алынады.