"Қарақалпақстан Республикасында алып барылып атырған реформаларды және де жеделлестириўге қаратылған илажлар ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 393-санлы қарары менен:

Районда (қалада) экономикалық өсиў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўға түртки беретуғын драйвер жойбарлар инфраструктурасын жақсылаў ушын 100 миллиард сум;
-Қоңырат районы "Қарақалпақстан" посёлка пуқаралар жыйынын Жаңа Өзбекстан көринисиндеги мәҳәллеге айландырыў ушын 15 миллиард сум қаржы ажыратылады.
Нөкис қаласы 23-киши районындағы Нур ҳәм Елабад мәҳәллелеринде Ташкент қаласы жергиликли бюджетиниң арттырып орынланған бөлеги ҳәм Ташкент қаласын раўажландырыў қорының қаржылары есабынан абаданластырыў, көклемзарластырыў, капитал оңлаў ҳәм қурылыс жумыслары әмелге асырылады.
Бунда:
-Ташкент қаласы жергиликли бюджетиниң арттырып орынланған бөлегинен ҳәм Ташкент қаласын раўажландырыў қорының есабынан 100 миллиард сум қаржылар ажыратылады;
- 2027-жылдың ақырына шекем тартылған сырт ел компаниясы менен Қарақалпақстан Республикасын раўажландырыўдың кеңислик-аймақлық стратегиясының жойбары ислеп шығылады. Онда қала ҳәм районлардың өз-ара ҳәм халықаралық экономикалық коридорларға транспорт байланыслығын жақсылаў нәзерде тутылады;
- 2027-жыл 1-февральға шекем Жәҳән банки қатнасыўындағы "Өзбекстанда жасаў ушын қолайлы ҳәм турақлы қалалар" бағдарламасының екинши басқышына Нөкис қаласы, Әмиўдәрья ҳәм Беруний районларының орайлары қосылады;
- усы бағдарлама шеңберинде драйвер жойбарлар және социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў ушын нәтийжеге тийкарланған қаржыландырыў механизми тийкарында 100 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржылар қаратылады.