"Қарақалпақстан Республикасында алып барылып атырған реформаларды және де жеделлестириўге қаратылған илажлар ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 393-санлы қарары менен:

Халықтың күнделикли турмысындағы коммунал ҳәм басқа да тараўлардағы кешиктирип болмайтуғын мәселелерди оператив шешиў мақсетинде:
- 2026-2027-жылларда Қарақалпақстан Республикасы социаллық инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасы тастыйықланады;
Бағдарламаны қаржыландырыўға 160 миллиард сум қаржы буйыртпаларға муўапық басқышпа-басқыш ажыратып барылады.
Бунда усы қаржылар:
-17 улыўма билим бериў мектеби ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин жасыл принциплер тийкарында оңлаўға;
- медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын, атап айтқанда, 30 лифт ҳәм 20 санитариялық-гигиеналық инфраструктурасын жақсылаў және зәрүр медициналық үскенелер менен тәмийинлеўге;
- Әмиўдәрья ҳәм Хожели районларындағы 2 киши санаат зонасы ҳәм 2 хызмет көрсетиў объектлериниң инфраструктурасын жақсылаўға;
- Елликқала районы "А.Наўайы" МПЖ аймағында жайласқан "Бостан" суў бөлистириў имаратын реконструкциялаўға бағдарланады.
❗️Аўыл хожалығы ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мақсетинде 2027-жылы:
- Төрткүл районында Жамбас ҳәм Бозатаў районында Еркиндәря каналларын бетонлаў, 3 суў объекти ҳәм 22 артезиан қудық қурыў жумыслары ушын 135 миллиард сум;
- Бозатаў районындағы 7,5 мың гектар жерди өзлестириў мақсетинде 100 миллиард сум қаржы ажыратылады;
Қарақалпақстанда дәслепки басқышта шөл аймақларында 20 мың гектар майданда от-жем жетистириў бойынша Египет тәжирийбеси енгизиледи.
Жайлаўларды өзлестириў ҳәм шарўашылық жойбарларын әмелге асырыў ушын "Өзагростар холдинг" компаниясының шөлкемлестириўинде өз алдына "Бозатаў агростар" компаниясы шөлкемлестириледи.
Бунда:
- АК "Халқ банки" тәрепинен "Бозатаў агростар" компаниясы ушын 2027-жыл 1-мартқа шекем 50 миллиард сум ҳәм 2027-жылдың ақырына шекем 50 миллиард сум инвестиция киргизиледи;
- "Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы" акционерлик жәмийетиндеги үлесин арттырыў арқалы жаңадан шөлкемлестирилетуғын қәнигелескен компания ушын "Uzagrostar xolding" компаниясының устав фондына 20 миллиард сум қаратылады.
Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек, Тахтакөпир, Мойнақ, Кегейли, Бозатаў ҳәм Төрткүл районлары ҳәкимликлери структурасына жайлаўлардан нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў, шарўа от-жем базасын беккемлеў ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәселелери бойынша ҳәкимниң биринши орынбасары лаўазымы енгизиледи.
- "Uzagrostar xolding" компаниясы коммерциялық банклер менен биргеликте 2-қосымшадағы жоқары дәраматлы үлги жойбарлар ҳәм шөлкемлестириўшилик илажлардың әмелге асырылыўын шөлкемлестиреди.
"Бозатаў агростар" компаниясы шөл-жайлаў өсимликлери туқымларын гранулалаў, капсулалаў ҳәм ушыўшысыз ушыў аппараты (кейинги орынларда – дрон) жәрдеминде егиў жумысларын әмелге асырады.
Бунда:
2030-жылдың ақырына шекем 100 мың гектар жайлаў майданында қандым, черкез, шоған, балықкөз, данашор, жуўсан, изен ҳәм басқа да шөл-жайлаў шараятына сәйкес жайлаў өсимликлериниң туқымлары дронлар жәрдеминде егилиўи тәмийинленеди.
Қарақалпақстан Республикасында 2022-жыл 1-январьдан 2023-жыл 15-апрельге шекем ашық электрон таңлаўлар арқалы ижараға берилген аўыл хожалығына мөлшерленген жер участкалары бойынша қосымша төлемлердиң жәми муғдары жер участкасының нормативлик баҳасының төрт есеси ҳәм оннан жоқары болған жер ижарашыларына усы төлемди нормативлик баҳасының бир есесине тең муғдарда үш жыл даўамында проценциз бөлип төлеўге рухсат бериледи.
2027-жыл август айына шекем жунсао өсимлигин жетистириў жойбарын кеңейтип, от-жем ушын кеминде 600 гектар майданда әмелге асырылыўы тәмийинленеди.
Нөкис қаласы, Қоңырат, Қараөзек ҳәм Тақыятас районларында 2030-жылға шекем бултлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект хызметлериниң экспорты ҳәм инвестициясын 600 миллион АҚШ долларына жеткериў бойынша бағдарлама ислеп шығылады.
Онда 2030-жылға шекем инвесторларды 1 Гигаватт қуўатлылықтағы турақлы электр энергиясы менен тәмийинлеў нәзерде тутылмақта.