"Қарақалпақстан Республикасында алып барылып атырған реформаларды және де жеделлестириўге қаратылған илажлар ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-393-санлы қарары менен:

20 мың жасты IТ ҳәм логистика тараўларында оқытыў шөлкемлестириледи ҳәм бул тараўда жаңа бизнес ҳәм стартаплар жолға қойылады;
- алыс аймақтағы жасларды IТ тараўына оқытып, 1,5 мың жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыў ушын кеминде 10 қәбилетли ўатанласларымыз сырт елден Қарақалпақстанға алып келинеди;
- Нөкис қаласында жаңадан заманагөй стандартларға жуўап беретуғын 20 қабатлы бизнес орайы қурылады.
❗️Сондай-ақ, Қарақалпақстанда 2027-жыл 1-апрельден:
- Арал аймағының 50 мың гектарында басқышпа-басқыш тоғайластырыў жойбары басланады ҳәм халықаралық углерод бирликлери базарына бағдарлаў бойынша барлық шөлкемлестириў илажлары көриледи;
- Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте Япония, Корея Республикасы, АҚШ, Канада, Уллы Британия, Австралия сыяқлы мәмлекетлер менен сөйлесиў өткерилип, бирге ислесиўшилерди тартыў илажлары көриледи;
- "Жасыл экономика жойбарлары орайы" жойбарлаў офиси тәрепинен бул илажларды әмелге асырыў мақсетинде үш ай мүддетте халықаралық финанс шөлкемлеринен қәнигелер тартылады.
- Тоғайластырыў жойбарын әмелге асырыў нәтийжесинде қәлиплесетуғын углерод бирликлериниң халықаралық саўдасынан пайда болатуғын түсимлерден қалған сап дәраматты ( әмелге асырыў менен байланыслы барлық қәрежетлерди, соның ишинде, капитал ҳәм операциялық қәрежетлерди шығарған ҳалда) жергиликли бюджетке қаратыў илажлары көриледи.