"Қарақалпақстан Республикасында алып барылып атырған реформаларды және де жеделлестириўге қаратылған илажлар ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-393-санлы қарары менен:

❗️Қазылма кәнлеринен пайдаланыў арқалы "шийки зат – таяр өним – экспорт" шынжырын жаратыў мақсетинде:
- Қоңырат районындағы "Барсакелмес" дуз кәни аймағында шөлкемлестирилген дузды қайта ислеўге қәнигелестирилген "Kungrad Salt Free Zone" санаат зонасын басқарыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң шөлкемлестириўинде жуўапкершилиги шекленген жәмийет түринде Дуз резервлеринен пайдаланыў дирекциясы шөлкемлестириледи.
Төмендегилер Дирекцияның тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленбекте:⬇️
- жерлерди электрон онлайн аукцион саўдаларына шығарыў, жойбарлардың әмелге асырылыўын мониторинг етиў ҳәм қадағалаў және санаат зонасын басқарыў менен байланыслы басқа да функцияларды орынлаў;
- дуз кәнлеринен ақылға уғрас пайдаланыў, дуз шийки заты резервлерин баҳалаў ҳәм бирден-бир санлы мағлыўматлар базасын қәлиплестириў;
- дуз шийки заты қазып алынған участкаларда дуз қатламларының қайта тиклениўине зәрүр шараятлар жаратыў ҳәм кән майданларын басқышпа-басқыш рекултивациялаў ҳәм турақлы мониторинг етип барыў;
- дуз шийки затын жергиликли қайта ислеўшилерге миллий брендти жаратыў ҳәм басламаларды алға қойыўға байланыслы мәселелерди шешиўге жәрдемлесиў.
Нызамшылықта Дирексияға қосымша ўазыйпалар да жүклениўи мүмкин.