"Қарақалпақстан Республикасында алып барылып атырған реформаларды және де жеделлестириўге қаратылған илажлар ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-393-санлы қарары менен:

Туризмди раўажландырыў бағдарында:
Қусларды бақлаў туризмин (Birdwatching Tourism) жолға қойыў мақсетинде:
- қуслар ҳәм олардың жасаў аймақларын сақлаў бойынша "BirdLife International" халықаралық ассоциациясының дизимине киргизилген Судочье көллер системасы участкасының буфер зонасында қусларды бақлаў дестинасиясы (туристлерди тартатуғын географиялық аймақ) шөлкемлестириледи;
- экотуризм маршрутлары глобал қәўип астында болған түрлерге зыян жеткермей, барыў мүмкин болған жөнелислерде анық белгиленеди;
- Рамсар конвенциясы талапларынан келип шығып, Судочье көллер системасы суў тәмийнатын ҳәм қусларды бақлаў дестинциясын инфраструктура объектлери менен тәмийинлеў ушын 2027-жылы Өзбекстан Республикасы республикалық бюджетинен есап-санақларға бола қаржы ажыратылады.
Қарақалпақстан Республикасының туризм инфраструктурасын және де жақсылаў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси шөлкемлестириўинде жуўапкершилиги шекленген жәмийет түринде Туризм инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм де саяхат ушын контентлер таярлаў дирекциясы шөлкемлестириледи.
❗️Төмендегише тәртип орнатылады, оған муўапық Қарақалпақстан Республикасында:
Туризм дирекциясы:
- туризм инфраструктурасы объектлери жойбарларын әмелге асырыўда буйыртпашы ҳәм де туризм объектлерин баланста сақлаўшы есапланады;
- аймақтың әжайып тәбиятын дүньяға көрсетиў арқалы туристлерди тартыўшы контентлер таярлаў ҳәм туристлерге медиа шерик сыпатында хызмет ететуғын 10 дана дрон сатып алады;
- нызамшылықта дронлардың ушыўы рухсат етилмеген жерлерде дронлардан пайдаланбаў талапларына қатаң әмел етеди;
- туристлерге төлемли хызметлерди көрсетеди;
- төлемли хызметлерден түскен қаржылар Туризм дирекциясын сақлаў ҳәм оған жүкленген ўазыйпаларды орынлаў менен байланыслы қәрежетлер шегирилген ҳалда Қарақалпақстан Республикасы республикалық бюджетине өткериледи.