"Қарақалпақстан Республикасында алып барылып атырған реформаларды және де жеделлестириўге қаратылған илажлар ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-393-санлы қарары менен:

Қарақалпақстан Республикасында:
- инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў ушын коммерциялық банклер тәрепинен 2027-2030-жылларда Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының 100 миллион АҚШ доллары эквивалентиндеги миллий валютадағы қаржылары 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 7 жыл мүддетке жыллық 10 процент ставкада тартылады;
- усы қаржылар есабынан коммерциялық банклер тәрепинен исбилерменлик субъектлериниң санаат ҳәм хызмет көрсетиў жойбарларына 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 7 жылға шекем жыллық 14 процент ставкада (соннан 4 процент банк маржасы) кредит қаржылары ажыратылады;
- кредит қаржылары жойбар ҳүжжетлери ислеп шығылып, экспертизадан өткерилгеннен соң ажыратып барылады.
❗️Төмендегише тәртип орнатылады, оған муўапық Қарақалпақстан Республикасында:
- 2026-жыл 15-ноябрьден баслап шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде жеңиллетилген кредитлер 12 процент ставкада ажыратылады ҳәм 2027-жылдан кредит ресурсларының көлеми еки есеге арттырылады;
- Жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўди хошаметлеў аймақлық фондының қаржылары есабынан 5 жыл мүддетке, жыллық 8 процент ставкада кредит линиясы ашылып, коммерциялық банклер тәрепинен исбилерменлик субъектлерине 5 жыл мүддетке жыллық 12 процент ставкада (соннан 4 процент банк маржасы) 1 миллиард сумға шекемги муғдарда (ҳәр бир жойбарға);
жаңадан мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин шөлкемлестиретуғын исбилерменлик субъектлерине 15 жыл мүддетке 5 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 7 процент ставкада кредит ажыратылады.