"Қарақалпақстан Республикасында алып барылып атырған реформаларды және де жеделлестириўге қаратылған илажлар ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-393-санлы қарары менен:
198

- Мойнақ районына барып ислейтуғын шыпакерлердиң айлық лаўазым мийнет ҳақысына қолланылатуғын ҳәр айлық 200 процентлик үстеме 2027-жыл 1-январьдан баслап Тахтакөпир, Шоманай, Бозатаў районларына да енгизиледи;
- Хожели районында техника-сервис орайларын шөлкемлестириў ушын ажыратылған жеңиллетилген қаржы ресурслары есабынан Қарақалпақстан Республикасының барлық районларындағы аўыл хожалығы кәрханаларына өз мүтәжлигине сай аўыл хожалығы техникаларын сатып алыўға рухсат етиледи.
Сондай-ақ, Бозатаў районын социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша илажлар режеси;
- Қарақалпақстан Республикасын 2026-2028-жылларда социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажлар бағдарламасы тастыйықланды.