Қарақалпақстан спортшылары – жоқары нәтийжелерге қарай: жасларымыздан 66 медаль!

Ташкент қаласында өткерилген II Президент олимпиадасы спорт жарыслары өз жуўмағына жетти. 12 күн даўамында мәмлекетимиздиң барлық аймақларынан 3 657 жас атлет 26 спорт түри бойынша жеңимпазлық ушын беллести.
"Олимпия қалашасы"нда жарыслардың жуўмағына бағышланған салтанатлы жабылыў мәресими болып өтти. Онда жарыс даўамында жоқары нәтийжелерге ерискен спортшылар ҳәм мүнәсип қатнасқан аймақлар сыйлықланды.
Қуўанышлы тәрепи, Қарақалпақстан Республикасы да спорт түрлериниң географиясын кеңейтиўге қосып атырған үлеси ушын айрықша атап өтилди. Бул нәтийже тийкарында аймақта спортты ғалаба ен жайдырыў, оның түрли бағдарларын тек ғана қала ҳәм район орайларында емес, ал ең шетки аўылларға шекем жеткериў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар жәмленген. Нәтийжеде жаслар ушын спорт пенен шуғылланыў имканиятлары кеңейип, жаңа талантлар ашылмақта.
Сондай-ақ, олимпиадада Қарақалпақстан Республикасы спортшылары 16 алтын, 24 гүмис ҳәм 26 бронза медалын қолға киргизип, улыўма командалық есапта 6-орынды ийеледи.
Өткен жылы 14-орынды ийелеген Қарақалпақстан командасы быйыл 6-орынға көтерилип, нәтийжесин сезилерли дәрежеде жақсылады.
Бул – ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен жас спортшыларымыздың умтылысы, тренерлеримиздиң пидәкерлик мийнети ҳәм спортты раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжеси болып есапланады.