Кеўил билдириў

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы "Көп квартиралы жайларды оңлаў бойынша инжиниринг компаниясы" мәмлекетлик мәкемеси директоры Жаббарбергенов Ажинияз Жаббарберген улы қайтыс болды.
Ажинияз Жаббарбергенов көп жыллық мийнет жолы даўамында қурылыс, суў хожалығы ҳәм үй-жай коммунал хожалығы тараўларында нәтийжели жумыс алып барып, Қарақалпақстан Республикасы инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм халықтың турмыс шараятларын жақсылаўға мүнәсип үлес қосты.
Қарақалпақстан Республикасы қурылыс ҳәм үй-жай коммунал хожалығы министриниң орынбасары лаўазымында нәтийжели мийнет етти.
2026-жылдан өмириниң ақырына шекем Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы "Көп квартиралы жайларды оңлаў бойынша инжиниринг компаниясы" мәмлекетлик мәкемесиниң директоры сыпатында жумыс алып барды.
Ажинияз Жаббарбергенов өзиниң бай тәжирийбеси, кәсиплик шеберлиги, жуўапкершилиги ҳәм шөлкемлестириўшилик қәбилети менен кәсиплеслери арасында ҳүрметке ерискен еди.
Марҳумның шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил билдиремиз.