"Қарақалпақстан Республикасында алып барылып атырған реформаларды және де жеделлестириўге қаратылған илажлар ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-393-санлы қарары менен:

2027-2028-жылларда И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейиниң 1-блоги 40 млрд. сум есабынан реконструкцияланады.
Бунда:
- бас жойбарлаў ҳәм бас кесип алып ислеўши ең жақсы усыныс тийкарында анықланады;
- қурылыс жумысларына 30 процент аванс, қурылыс материалы ҳәм үскене сатып алыўына 100 процент алдыннан төленеди;
- кесип алып ислеўши, жойбарлаўшы, хызмет көрсетиўши, жеткерип бериўши, өним сатыўшылар ҳәм сырт елли консультант туўрыдан-туўры шәртнама тийкарында тартылады;
- 2028-жылға шекем басқышпа-басқыш таярланатуғын жойбар тийкарында қурылыс жумыслары әмелге асырылады.
Нөкис қаласындағы “Ғәрезсизлик” МПЖ аймағында заманагөй ҳәм әжайып архитектуралық шешимлер тийкарында Өнерментлер орайы ҳәм аллея қурылады.
Мойнақтағы Арал теңизи тарийхы музейин модернизациялаў ушын жойбар-сметасын ислеп шығыўға сырт ел компаниясы усыныс сораўы тийкарында анықланады.