"Қарақалпақстан Республикасында алып барылып атырған реформаларды және де жеделлестириўге қаратылған илажлар ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-393-санлы қарары менен:

Қарақалпақ елиниң уллы перзенти, шайыр ҳәм ойшыл Бердақ Ғарғабай улы туўылғанының 200 жыллығын кеңнен белгилеў бойынша бир ай мүддетте өз алдына бағдарлама ислеп шығылады.
Беруний районында балықшылық жойбарларын әмелге асырыў ушын таңланған жер участкаларының категориясы Ҳүкиметлик комиссия тәрепинен жасалма көл жаратыў ушын өзгертилип бериледи.
Кегейлидеги теплицаға газ тартыў, трансформатор ҳәм қуяш панель орнатыў ҳәмде оның аймағында шөлкемлестирилген 50 сотых жүзимзарлық, 500 бас үйрек бағыўшылық ҳәм холодильник қәрежети Кәмбағаллықты қысқартыў мәмлекетлик мақсетли фондынан қапланады.
Органикалық помидор жетистириў жойбарына Дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери фондынан қосымша 1,2 млрд сум лизинг ажыратылады.
10 мың гектарда қаўын жетистириў ушын «Uzbek-Melons» компаниясы шөлкемлестириледи ҳәм 10 млрд сум ажыратылады ҳәмде оған бос турған техникум ямаса колледж имараты «ноль» баҳада бериледи.