"Қарақалпақстан Республикасында алып барылып атырған реформаларды және де жеделлестириўге қаратылған илажлар ҳаққында"ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-393-санлы қарары менен:
280

Тахтакөпир районында “Шинжон” тәжирийбеси тийкарында 1 000 гектар майданда шарўа азықлық егинлерин жетистириў ҳәм де Монголия, Түркия, Қытай ҳәм Австралиядан 5 мың бас қой-ешки алып келип, көбейтиў бойынша пилот жойбар әмелге асырылады.
Суў тәмийнаты аўыр аймақларда тик қудықларды бурғылаў ушын зәрүр аўысық бөлек ҳәм оңлаў хызметин сатып алыўға Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы қаржыларынан 1,5 млрд сум ажыратылады.
Халыққа қолайлықлар жаратыў мақсетинде Қоңырат районы “Қарақалпақстан” ҳәм “Жаслық” пуқаралар жыйынлары аймағында “Халық банки” шақапшалары шөлкемлестириледи.
Халықты суйылтылған газ бенен өз ўақтында тәмийинлеў мақсетинде Төрткүл районы “Уллыбағ” АПЖ аймағында жаңа суйылтылған газ толтырыў шақапшасы шөлкемлестириледи.