Өзбекстан зиялылары Кеңеси аймақлық мәжилиси өткерилди

Бүгин Қарақалпақстан илимий-әмелий медицина академиясында Өзбекстан зиялылары Кеңеси аймақлық мәжилисиниң ашылыўына арналған илаж өткерилди.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, илаждың ашылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында кең көлемли дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылып атырған болып, бундай ийгиликли басламаларды турмысқа енгизиўде зиялыларымыздың тутқан орны айрықша есапланады.
Бүгинги өткерилген илаж бир неше тараў зиялылары бир орынға жыйналып, елимиздиң келешеги бойынша өз-ара пикирлесиў, мәселелерди талқылаў майданы болды ҳәм дүньяда жүз берип атырған мәдений, сиясий ҳәм технологиялық өзгерислер, сондай-ақ, қәдириятлар трансформациясы шараятында мәмлекетимиз раўажланыўы жолында зиялыларымыздың тутқан орнын еле де арттырыўға қаратылды.
Онда елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша зиялылардың пикир-усыныслары тыңланды ҳәм Республикалық Кеңеске Қарақалпақстаннан ўәкиллер сайланды.
Бүгинги мәжилисте Қарақалпақстанлы зиялылар тәрепинен елимиздиң келешегине байланыслы бир қатар әҳмийетли басламалар ҳәм усыныслар билдирилип, алдағы ўазыйпалар ҳаққында сөз етилди.

.jpg)

