Fitch Ratings: Қарақалпақстан – экономикасы ең жедел раўажланып атырған аймақлардың бири
.jpg)
Қарақалпақстан Республикасының экономикалық потенциалы, финанслық турақлылығы ҳәм инвестициялық тартымлылығына халықаралық көлемде және бир әҳмийетли баҳа берилди. Биринши мәрте абыройлы халықаралық рейтинг агентлиги – Fitch Ratings Қарақалпақстан Республикасының сырт ел ҳәм миллий валютадағы узақ мүддетли кредит рейтингин «BB-» дәрежесинде, рейтинг прогнозин болса «Турақлы» деп белгиледи.
Бул баҳалаў аймақтың экономикалық раўажланыў пәтлери, финанслық имканиятлары ҳәм келешектеги раўажланыў перспективаларына халықаралық финанс экспертлери тәрепинен берилген әҳмийетли баҳа болып есапланады.
❗️Fitch Ratings таллаўларында Қарақалпақстан Өзбекстанның жедел раўажланып атырған аймақларынан бири сыпатында атап өтилген. Сондай-ақ, аймақтың финанслық профили «аа» дәрежесинде баҳаланған.
Атап өтиў орынлы, 2026-жылы Қарақалпақстан экономикасы ең тез өсип атырған аймақлардан бирине айланды. Жылдың биринши ярымында экономикалық өсиў 10,2 процентти қурап, бул көрсеткиш бойынша республика Ташкент қаласынан кейин екинши орынды ийеледи.
Ерисилип атырған бундай нәтийжелер мәмлекетимизде, атап айтқанда, Қарақалпақстанда ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылып атырған кең көлемли экономикалық реформалар, аймақтың өндирислик ҳәм исбилерменлик потенциалын арттырыў, инвестицияларды тартыў және финанслық турақлылықты беккемлеўге қаратылған избе-из илажлардың нәтийжеси менен тығыз байланыслы.
Халықаралық кредит рейтингиниң «BB-» дәрежесинде белгилениўи қандай имканиятларды аңлатады?
Ең алды менен, бул халықаралық инвесторлар ҳәм финанс институтлары ушын аймақтың экономикалық жағдайы, финанслық тәртиби ҳәм раўажланыў перспективалары ҳаққында әҳмийетли мәлимлеме дәреги болып есапланады. Рейтингтиң «Турақлы» прогноз бенен белгилениўи болса, ҳәзирги экономикалық ҳәм финанслық көрсеткишлердиң жақын келешекте турақлы сақланыўы күтилип атырғанын аңлатады.
Бундай халықаралық баҳалаў Қарақалпақстанда инвестициялық орталықты және де жақсылаў, финанслық ресурслардан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, жаңа жойбарларды әмелге асырыў, өндирис қуўатлылықларын арттырыў ҳәм қосымша жумыс орынларын жаратыў ушын әҳмийетли тийкар болып хызмет етеди.
Ең әҳмийетлиси, бул нәтийже Қарақалпақстанның экономикалық раўажланыў жолындағы избе-из ҳәрекетлери халықаралық көлемде де тән алынып атырғанынан дәрек береди.