✈️ Нөкис - Атыраў - Нөкис жөнелисинде турақлы авиақатнаўлар жолға қойылмақта
261

Усы жылдың 29-ноябрь сәнесинен баслап Нөкис ҳәм Қазақстанның Атыраў қаласы арасында турақлы авиақатнаўлар әмелге асырылады.
Урал дәрьясы бойында жайласқан, Европа ҳәм Азия тутасқан аймақ есапланған Атыраў қаласына пәрўазлар ҳәр ҳәпте екшемби күнлери шөлкемлестириледи.
Жаңа авиақатнаў Өзбекстан ҳәм Батыс Қазақстан арасындағы транспорт байланысларын және де қолайластырыў, жолаўшылар ушын қосымша имканиятлар жаратыўға хызмет етеди.
📲 Авиабилетлерди booking.uzairways.com сайты, Uzbekistan Airways мобиль қосымшасы, авиакомпанияның саўда филиаллары ҳәм рәсмий агентликлери арқалы сатып алыў мүмкин.