Жоқарғы Кеңес Баслығы исбилермен жаслар менен ушырасты

«Пийшемби – жаслар күни» шеңберинде бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Нөкис қаласында белсенди ҳәм басламашы, сондай-ақ, мәҳәллелерде исбилерменлик пенен шуғылланып атырған жаслар менен ушырасты.
Ушырасыўда жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың басламаларын жүзеге шығарыў ҳәм исбилерменлик жумысын кеңейтиў бағдарында жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында сөз етилди. Атап айтқанда, Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық раўажландырыўға, соның ишинде, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм олардың бизнес жойбарларын қоллап-қуўатлаўға қаратылып атырған айрықша итибар атап өтилди.
Сондай-ақ, жақында қабыл етилген ПҚ-393-санлы қарарда белгиленген жеңиллик ҳәм имканиятлар, олардан жаслар мәпи жолында нәтийжели пайдаланыў мәселелери бойынша мағлыўмат берилди.
Сөйлесиў даўамында жаслар өзлерин қыйнап атырған машқалалар ҳәм усынысларын ашық-айдын билдирди. Атап айтқанда, исбилерменлик жойбарларын әмелге асырыў ушын банк кредитлерин ажыратыў, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, жумыс алып барыў ушын имарат ҳәм объектлер ажыратыў, сондай-ақ, стартап жойбарларды баслаўда жүзеге келип атырған мәселелер көтерилди.
Ҳәр бир мүрәжат ҳәм усыныс көрип шығылып, олардың шешимин табыў бойынша тийисли жуўапкерлерге анық ўазыйпалар жүкленди. Айырым мәселелер бойынша орнында әмелий илажлар көриў, қалғанларын болса белгиленген тәртипте шешиў бойынша тапсырмалар берилди.
Ушырасыў жуўмағында жаслар менен пикирлесиўди системалы түрде даўам еттириў, олардың басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм исбилерменлик жумысындағы тосқынлықларды сапластырыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Берилген тапсырмалардың орынланыўы айрықша қадағалаўға алынды.

.jpg)


.jpg)
.jpg)