Дакар-2026: Наргиза Утебаева бронза медалын жеңип алды
255

IV Жаслар жазғы Олимпиада ойынларында Өзбекстан делегациясы гезектеги медальға ийе болды.
Қызлар арасында қылышласыўдың сабля бағдарында болып өткен беллесиўлерде жерлесимиз Наргиза Утебаева бронза медалын қолға киргизди.
Ярым финалға шекемги жолды табыслы басып өткен жерлесимиз үшинши орын ушын беллесиўде болса аргентиналы спортшыны жеңип шықты ҳәм өз атын сыйлы орынлар қатарына қосып қойды.
Солай етип, жарыстағы медальларымыздың саны ҳәзирше 4 гүмис ҳәм 2 бронзаны қурамақта.
.jpg)
