«Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилген күн мүнәсибети менен байрам илажы өткерилди

Бүгин Нөкис қаласының орайында орнатылған Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары жанында «Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилген күн мүнәсибети менен байрам илажи болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, халқымызды байрам мүнәсибети менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, елимиз байрағы жақсылық, данышпанлық, пәклик, садықлық, гөззаллық, тынышлық, жаңаланыў сыяқлы сезимлерди өзинде жәмлегени менен әҳмийетли саналады. Солай екен, елимиз байрағын көз қарашығындай қәстерлеп-сақлаў, оны улығлаў ҳәм бәлентлерге көтериў – ҳәр биримиз ушын ана Ўатан алдындағы перзентлик парызымыз болып есапланады.
Соңғы жыллары елимиз байрағы астында халқымыз турмысында, инсанлардың руўхый дүньясында үлкен өзгерислер менен жаңаланыўлар жүз бермекте. Бунда, ҳүрметли Президентимиздиң идеялары, баслап берген ийгиликли ислери, белгилеп берген әҳмийетли ўазыйпалары турмысымызда айрықша орын ийелейди. Бүгинги күнде абадан турмысымызды тәмийинлеў жолында елимиздиң барлық аймақлары қатарында Қарақалпақстан ушын да шын мәнисинде раўажланыўлар, жаңаланыўлар дәўири сыпатында үлкен итибар қаратылып атырғанлығы буның айқын мысалы бола алады.
Салтанатлы илажда мине усы ийгиликли ислер айрықша атап өтилди.
Жоқары дәрежеде шөлкемлескенлик пенен өткерилген илаж көркем-өнер тараўы ўәкиллериниң концерт бағдарламасы менен даўам етти.
.jpg)

.jpg)

.jpg)