Шавкат Мирзиёев дүньяның ең абырайлы 50 мусылманы қатарына кирди
235

Иорданиядағы Патшалық ислам стратегиялық изертлеўлер орайы тәрепинен жәрияланған «The Muslim 500» халықаралық рейтингиниң 2027-жылғы басылымында Президент Шавкат Мирзиёев 40-орында дизимге алынды. Мәмлекет басшысы биринши мәрте дүньяның ең абырайлы 50 мусылманы қатарынан орын алды.
Басылымда Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылып атырған экономикалық реформалар, ашық сыртқы сиясат, Орайлық Азияда регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў, сондай-ақ, ислам мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм раўажландырыў бағдарындағы жумыслар айрықша атап өтилген.