ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

Гүз-қыс мәўсимин артықша зыянсыз өткериў, халқымызды үзликсиз электр энергиясы, тәбийғый газ, ишимлик суўы ҳәм көмир менен тәмийинлеў, көп қабатлы турақ жайларда жүз бериўи мүмкин болған авариялық жағдайлардың алдын алыў ҳәм социаллық объектлерде пуқараларымыз ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында арнаўлы ШТАБ шөлкемлестирилди.
Ҳүрметли, пуқаралар!
Егер сизде усы сыяқлы мәселелерге байланыслы сораў ҳәм мүрәжатларыңыз болса, штабтың үзликсиз түрде ислеп туратуғын тийкарғы 61 222 48 41, сондай-ақ, коммуналлық мәселелер бойынша 61 222 48 40, 61 222 48 47, 61 222 48 49 телефон номерлерине 24 саат даўамында қоңыраў етиўиңиз мүмкин.
Сизде қайсы тараўға байланыслы машқала ямаса мүрәжат болса, тийисли байланыс номерине қоңыраў етсеңиз болады;
Электр тәмийнаты мәселелери бойынша:
☎️ (61) 222-48-47;
Газ тәмийнаты мәселелери бойынша:
☎️ (61) 222-48-40;
Ишимлик суў тәмийнаты мәселелери бойынша:
☎️ (61) 222-48-49.