Жерлеслеримизден қос медаль
103

Усы жылдың 6-16-ноябрь күнлери Грецияның Афина қаласында муай-тай бойынша «2026 Youth World Championship» Жәҳән чемпионаты болып өтти.
Чемпионатқа 92 мәмлекеттен 1000 ға жақын спортшы қатнасып, онда Өзбекстан сайланды командасы қурамында қатнасқан жерлеслеримиз де жоқары нәтийжелерди қолға киргизди.
Атап айтқанда, Беруний районы спорт мектебинен жетилисип шыққан Даулетбаева Гүмис 1-орын, Ҳабибуллаева Сожида 2-орынды ийелеп, жеңимпазлар қатарынан орын алды.

