Илажда шығып сөйлеген Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Спикери Нурдинжон Исмоилов мәмлекетте нызамшылық-ҳуқықый базаның жетилистирилгени, Өзбекстанда миллий парламент қәдириятларының бар екени, бул бағдарда ең алдынғы сырт ел тәжирийбесинен пайдаланып атырғанын атап өтти. Бул болса мәмлекеттиң ҳуқықый тийкарын беккемлеў, нызам дөретиўшилигиниң сапасын арттырыў, парламентлик қадағалаўды күшейтиў, пуқаралардың турмысын жақсылаўға хызмет етеди.
Олий Мажлис Нызамшылық палатасы инсан ҳуқықларын тәмийинлеў мәселесин жедел алға қоймақта. Бул жумыс халықаралық миннетлемелерди орынлаў ҳәм миллий нызамшылыққа енгизиў, қабыл етилген нызамлардың нәтийжелилигин мониторинг етиў, БМШтың устав ҳәм шәртнамалық уйымлары усынысларының орынланыўы ҳәм басқа да бағдарлар бойынша «Жол карталары»н ислеп шығыў арқалы алып барылып атыр.
– Өзбекстан парламенти халықаралық парламент жәмийетшилигиниң тең ҳуқықлы ағзасы сыпатында Парламентлераралық аўқам ҳәм басқа да халықаралық парламентлер форумларында белсене қатнасып атыр, – деди Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң биринши орынбасары Акмал Саидов. – Өзбекстан Парламентлераралық аўқам ҳәм БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша жоқары комиссары басқармасының «Парламент ҳәм инсан ҳуқықлары принциплери»н қабыл етиў, БМШтың 75 жыллығы бойынша Декларацияға бүгинги халықаралық қатнасықларда миллий парламентлер ҳәм Парламентлераралық аўқамның роли ҳаққындағы қағыйдаларын киргизиў бойынша басламаларын қоллап-қуўатлайды.
Видеоконференцияда сондай-ақ, Өзбекстан парламентиниң инсан ҳуқықларын тәмийинлеўдеги роли ҳәм механизмлери бойынша БМШ Инсан ҳуқықлары кеңесиниң усынысларын орынлаўға байланыслы жумыслардың перспективалары ҳаққында сөз етилди.
Сөйлесиў жуўмағында қатнасыўшылар Парламент форумы парламент ағзаларының әмелий сөйлесиўин даўам еттириў, инсан ҳуқықлары, турақлы раўажланыў ҳәм бирге ислесиў бағдарларындағы парламентлераралық байланысларды буннан былай да раўажландырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.
Форум 30-июнь – Халықаралық парламент күнине бағышланды.
Мағлыўмат ушын: Дүнья жүзи жәмийетшилиги тәрепинен 30-июнь – Халықаралық парламентаризм күни етип белгиленгени бийкарға емес. Буннан 131 жыл бурын, 1889-жылы тап усы сәнеде Парижде дүнья мәмлекетлери парламентлериниң тийкарғы халықаралық уйымы есапланатуғын Парламентлераралық аўқамның биринши халықаралық конференциясы ашылған.
Бүгинги күнде Парламентлераралық аўқамға 179 мәмлекеттиң парламентлери ағза. Бул мәмлекетлердиң ҳәр биринде мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкиллик уйымы жумыс алып барады. БМШға ағза 193 мәмлекеттен 79 и еки палаталы, 114 инде болса бир палаталы парламент системасы әмел етпекте. Дүнья жүзи парламентлериниң жәми 272 палатасының қурамында дерлик 46 мың парламент ағзасы бар.
Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың тән алыныўы сыпатында тарийхта биринши рет мәмлекетимиз ўәкили 2020-2023-жылларда Парламентлераралық аўқам Атқарыў комитетиниң ағзалығына қабыл етилди. Яғный, 2020-жылдың басында Парламентлераралық аўқам басқарыў уйымларының жаңа қурамын қәлиплестириў шеңберинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң биринши орынбасары А.Саидов Парламентлераралық аўқам Атқарыў комитети баслығының орынбасары, сондай-ақ, структураның қаржы бойынша киши комитети ағзасы етип тайынланды.
Өзбекстан парламентиниң ўәкили дүнья жүзилик нызам шығарыўшы уйымлардың бундай абырайлы форумының жумысында қатнасыўы Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң 2020-жыл 24-январьда Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында белгиленген ўазыйпаларды буннан былай да нәтийжели әмелге асырыўға хызмет етпекте. Қалаберсе, халықаралық парламентлераралық бирге ислесиў күн тәртибин қәлиплестириўде мәмлекетимиздиң қатнасыўын тәмийинлеў имканиятын да бермекте.
ӨзА