Кеселликти жеңип өтиўге өз үлесимизди қосайық!
1534
Пандемия тек ғана инсанлардың өмири ҳәм саламатлығына ғана емес, ал, мәмлекетлердиң социаллық-экономикалық турақлылығына қәўип туўдырмақта ҳәм жәҳән финанслық-экономикалық кризисине себепши болмақта.
Бәршемизге белгили, Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимизде пандемияға қарсы гүресиў бойынша барлық зәрүрли илажлар көрилмекте. Тилекке қарсы, ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақлар арқалы түсиник жумыслары алып барылыўына қарамастан орынларда карантин қағыйдалары бузылып атырған жағдайлар да ушыраспақта. Сондай-ақ, социаллық тармақларда ҳәр қыйлы тийкарланбаған, халықтың арасында қәўетер оятатуғын жалған мағлыўматлар да тарқатылмақта.
Усы жылдың 25-июль күни бир қатар интернет сайтларында ҳәм социаллық тармақларда рәсмий емес деректен алынған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының денсаўлығы менен байланыслы жалған хабар тарқатылды. Бул жалған хабарды рәсмий дереклерден тексермей, асығыслық пенен тарқатылғанлығы халқымыздың басына бүгингидей сынаўлы күнлер түсип турған ўақытта жүдә орынсыз ис-ҳәрекет болғанлығын атап өтиў тийис.
Мине, усындай жалған мағлыўматлардан аўлақ болыў керек, деп ойлайман. Ҳәзирги ўақытта кеселликке шалынған қанша инсанлар емлеўханаларда жатырған болса, қаншасы карантинде сақланбақта. Олардың саламатлығын қорғаў ушын денсаўлық сақшылары күни-түни, жан-тәни менен аянбай мийнет етпекте.
Сондай-ақ, тийисли жуўапкер мәмлекетлик уйымлар, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм басқа да шөлкемлер көринбес жаўдың арасында өзиниң жанын ортаға қойып, халқымыздың саламатлығын қорғаўдай ийгиликли иске өзлериниң үлеслерин қоспақта. Бул кеселликти жеңип шығыўдың бирден-бир жолы – енгизилген карантин қағыйдалырына толық әмел етиў болып есапланады.
Ҳәттеки, урыс жылларында да халқымыз қанша қыйыншылықларға шыдап, барлығын сабыр-тақаты менен жеңип өткен. Көринбес жаў менен аяўсыз гүрес алып барылып атырған бүгингидей сынаўлы күнлерде бир-биреўге тас атпастан, ал, ҳәммемиз бир жағадан бас, бир жеңнен қол шығарып, бир-биримизге қол-қанат болып, аўызбиршиликли түрде ҳәрекет етсек, әлбетте жеңис биз тәрепте болады. Ҳәзир адамларды ҳәр қыйлы жалған мағлыўматлар арқалы қорқынышқа түсириў емес, ал керисинше, оларға бул кеселликтен сақланыў жоллары, оларды жеңип өтиў усыллары ҳаққындағы мағлыўматларды көбирек жеткерсек мақсетке муўапық болар еди, деп ойлайман.
Соны да айрықша атап өтиў керек, ҳәр қандай нызамға қайшы ҳәрекет ушын тийисли нызамшылықта жуўапкершилик белгиленген.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 244-5-статьясына муўапық, Карантинли ҳәм инсан ушын қәўипли болған басқа да жуқпалы кеселликлердиң тарқалыўы ҳаққында ҳақыйқатлыққа дурыс келмейтуғын мағлыўматларды тарқатыў ушын жуўапкершилик белгиленген.
Усы статьяның екинши бөлиминде бундай ҳақыйқатқа дурыс келмейтуғын мағлыўматларды басып шығарыў ямаса басқаша усылда көбейтилген текстте яки ғалаба хабар қураллары, сондай-ақ, интернет тармағы арқалы тарқатқанлығы ушын аўырластырылған жуўапкершилик көрсетилип, үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазасы да белгиленген.
«Пуқаралардың денсаўлығын сақлаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Нызамының 45-статьясына муўапық, шыпакерлик сыр болып есапланған мағлыўматлардан оқыў, сондай-ақ кǝсипке, хызметке байланыслы ҳǝм басқа да ўазыйпаларды атқарыў ўақтында хабардар болып қалған адамлардың бул мағлыўматларды пуқара ямаса оның нызамлы ўǝкилиниң разылығысыз жǝрия етиўге жол қойылмайды.
Шыпакерлик сыр деп есапланған мағлыўматларды нызамда белгиленген тǝртипке бойсынбай жǝрияланғаны ушын тийисли адамлар нызам актлерине муўапық медицина ҳǝм фармацевтика хызметкерлери менен теңдей жуўапкер болады.
Сондай-ақ, шыпакерлик сыры болып есапланған мағлыўматларды жуқпалы кеселликлер тарқалыўы, зǝҳǝрлениў ҳǝм зыянланыў қǝўпи туўылғанда оның нызамлы ўǝкилиниң келисимисиз бериўге жол қойылады, деп белгиленген.
Бирақ, бул мағлыўматлар кең жәмийетшиликке емес, ал, мүмкин болған шахслар аудиториясына ғана берилиўи мүмкин екенлигине айрықша итибар қаратыў лазым.
Ҳәзирги күнде ғалаба хабар қуралларында да бул жуқпалы кеселлик пенен қанша адам кеселленгенлиги, қаншасы саўалғанлығы ҳәм қаншасының қайтыс болғанлығы ҳаққындағы мағлыўматлар жәрияланып атырған болып, бул мағлыўматларда олардың шахсына анықлық киргизилмеген. Себеби, халықаралық ҳуқықый нормаларға, Конституциямыз ҳәм әмелдеги нызамшылыққа муўапық, ҳәр бир адам жеке қол қатылмаслық, өзиниң ар-намысына, қәдир-қымбатына ҳәм өзиниң жеке турмысына араласыўдан қорғаныў ҳуқықына ийе.
Соның менен бир қатарда, «Makan.uz» сайтында журналист Лалагүл Қаллыханова Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының ҳәзирги ўақытта емленип атырғаны ҳәм оның орнына басқа бир адамды сайлаўды усыныс етип материал жазды.
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 80-статьясына муўапық, Жоқарғы Кеңес Баслығы Өзбекстан Республикасы Президентиниң келисими менен Жоқарғы Кеңес депутатлары арасынан жасырын даўыс бериў жолы менен Жоқарғы Кеңес ўәкиллиги мүддетине сайланады.
Сондай-ақ, «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси» ҳаққындағы Қарақалпақстан Республикасының Нызамында Жоқарғы Кеңес Баслығының орынбасары Жоқарғы Кеңес Баслығының тапсырмасы менен оның айырым ўазыйпаларын атқаратуғынлығы ҳәм Жоқарғы Кеңес Баслығы жоқлығында ямаса ол өз ўазыйпаларын әмелге асырыўы мүмкин болмаған жағдайларда оның ўазыйпасын атқарып туратуғынлығы белгиленген.
Солай екен, ҳәр бир журналист жеке пикирин билдиргенде әмелдеги нызамшылыққа тийкарланып пикир билдирсе, нызамға қайшы пикир билдириў, сондай-ақ, пандемияға қарсы гүресиў қағыйдаларын бузыў ушын жуўапкершилик ҳәм жаза бар екенлигин билсе мақсетке муўапық болар еди.
Улыўмаластырып айтқанда, бүгин ҳәр биримиз өз жуўапкершилигимизди сезген ҳалда әпиўайы санитариялық-эпидемиологиялық, жеке гигиена қағыйдаларына қатаң түрде әмел етип, халықтың арасында тийкарсыз хабарларды тарқатпай, шаңарақта перзентлеримиз саламатлығы ҳәм тәрбиясы менен шуғылланып, инфекцияның тарқалыўының алдын алыўда үлесимизди қосайық.
Зухра Реймова, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы