Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў жаңа басқышқа көтериледи
1798
Мүрәжатда исбилерменлик ҳәм киши бизнести және де раўажландырыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-куўатлаўға қаратылған ўазыйпалар да белгиленди
Елимиз сиясий турмысында ең әҳмийетли ўақыялардан бири болған Мәмлекетимиз Басшысының парламентке жоллаған нәўбеттеги Мүрәжатында да кейинги жылға мөлшерленген бир қатар мақсет ҳәм ўазыйпалар жәрияланды.
Сол қатарда, мәмлекетимизде исбилерменликти еледе раўажландырыў, инвестицияларды тартыў ҳәм бизнес жүргизиў ушын қолайлы орталық жаратыў, исбилерменлердиң нызамлы мәплерин қорғаўдың ҳуқықый кепилликлерин беккемлеў тараўында кең көлемли жумысларды әмелге асырыўға қаратылған режелер ҳәм алға қойған мақсетлерге тоқтап өтилди.
Президентимиз тәрепинен соңғы төрт жылда экономикамыздың барлық тараўларында базар механизмлерин енгизиў бойынша үлкен қәдемлер тасланғанлығын, ендиги ўазыйпа терең реформалар арқалы узақ мүддетли турақлы өсиўдиң тийкарын жаратыўдан ибарат екенлигин ҳәм сол мақсетте кейинги жылда кең көлемли жумысларды әмелге асыратуғын бағдардың бири сыпатында, исбилерменликти раўажландырыў ҳәмде оларға еледе қолайлы шәрт-шараятлар жаратылып берилиўи бойынша айрықша тоқтады.
Бунда пандемия дәўиринде экономиканың турақлы ислеўи ушын исбилерменлер мәмлекет пенен теңдей үлес қосқанлығын, соның ушын ҳәммемиз исбилерменге көмекши болып, оларды барқулла қоллап-қуўатлаўымыз шәрт екенлигин, бул бағдарда исбилерменлердиң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин, әсиресе жеке мүлкиниң қорғалыўын тәмийинлеў – барлық дәрежедеги мәмлекетлик уйымлардың тийкарғы ўазыйпасы болыўы кереклигин келтирип өтти.
Бул өз гезегинде исбилерменликти ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўды, оларға барлық қолайлықларды жаратып бериўди, исбилерменлердиң алдындағы ҳәр қандай тосықларды алып таслаўды, ең тийкарғысы мүлкке болған ҳуқықларының бузылмаўын кепиллейди.
Соның менен бирге, Мүрәжатда кейинги жылда «Салықшы - көмекши» принципи тийкарында исбилерменлер ушын олардың бизнес шериклериниң салық қарыздарлығы ҳаққында мағлыўматларды алыў имканиятының жаратылыўы, исбилерменлерге жәнеде қолайлық жаратыў мақсетинде 105 лицензия ҳәм рухсатнама түрлериниң бийкар етилиўи, 115 түриниң болса тәртип-қағыйдалары әпиўайыластырыўы айтып өтилди.
Исбилерменлер ушын Мүрәжатда келтирип өтилген ең әҳмийетли жаңалықлардан бири пандемия шараятында айланба қаржы жетиспеўшилигине ушыраған исбилерменлермиз аяққа турып алыўы ушын оларға жәрдем бериўди даўам еттирилиўи яғный:
- туризм, транспорт ҳәм улыўма аўқатланыў тараўында берилген имтиязлар келеси жыл ақырына шекем узайтырылыўы;
- 20 мыңға жақын исбилерменниң 400 миллиард сўмлық жер ҳәм мүлк салығын төлеў мүддети және бир жылға узайтырылыўын билдирди.
Буннан басқада, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша жумысларды даўам еттириў мақсетинде шаңарақ исбилерменлиги бағдарламалары бойынша кейинги жылда 6 триллион сўм имтиязлы кредитлер ажыратылыўы айтылды.
Исбилерменлик жумыс пенен байланыслы болған 5 мыңға жақын норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер қайта көрип шығылып, олардың саны қысқарады ҳәмде Исбилерменлик кодекси ислеп шығылады.
Және бир ең әҳмийетли мәселелерден болған исбилерменлик субъектлеринде тексериўлер өткериўге мораторий мүддетин және бир жылға созыў болды. Бул исбилерменлердиң жумысларына ҳәр қандай нызамсыз араласыўлар ҳәм тексериўлердиң алып барылмаўына, нәтийжеси сыпатында исбилерменлик ҳәм киши бизнести раўажландырыў бағдарында көплеген ийгиликли ислердиң еледе даўам еттирилиўин аңлатады.
Улыўмалыстырып айтқанымызда, исбилерменлик тараўына тийисли Мүрәжатта келтирип өтилген барлық режелер, белгиленген ўазыйпалар киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўды жаңа басқышқа көтереди.
Ринат Айтмуратов, Қарақалпақстан Республикасындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлер мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасы баслығы