«Ромео ҳәм Жульетта» сахна жүзин кɵрди
2107
Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында дүнья классикалық әдебиятының ири ўәкиллериниң бири болған Вильям Шекспир қәлемине тийисли "Ромео ҳәм Жульетта" трагедиясы усынылды.
Онда мәденият ҳәм кɵркем ɵнер, әдебият және театр ɵнериниң елимизге белгили устаз дɵретиўшилери, Ɵзбекстан мәмлекетлик кɵркем ɵнер ҳәм мәденият институтының студент жаслары, сондай-ақ, кɵпшилик театр ықласбентлери менен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Белгили болғанындай, уллы дɵретиўши Вильям Шекспирдиң "Ромео ҳәм Жульетта" трагедиясы бизге тек ғана жәҳән театр сахналары ҳәм кино кɵркем ɵнери арқалы таныс. Солай екен, тамашагɵйлердиң XVI әсирдеги Италия кɵшелерин сәўлелендириўши сахнаның ашылыўын ɵзгеше тәсир менен қарсы алыўы да тосыннан емес, әлбетте.
Капулетти ҳәм Монтеккилер шаңарақлары арасындағы ɵткир конфликтти сәўлелендириўши трагедия тийкарынан ышқы-муҳаббат темасына қурылған болып, биз оннан тек ғана ашықлық емес, ал инсан қәдир-қымбаты, садықлық ҳәм сабырлылық сыяқлы жоқары инсаныйлық пазийлетлерден тәрбия аламыз.
Трагедия тамашагɵйлер тәрепинен жыллы күтип алынды.
– Мен бул трагедия менен тек ғана экран арқалы таныс едим, – дейди Ɵзбекстан мәмлекетлик кɵркем ɵнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының студенти И.Дәрьябаев. – Бүгин спектакльди қарақалпақ тилинде тамашалап, жоқары руўхый заўық алдым. Сахна декорациясы, музыка, костюм ҳәм актёрлардың атқарыўшылық шеберлигине тәсийин қалмай илаж жоқ. Әсиресе, роль атқарыўшылардың тиккелей тамашагɵйлердиң жанынан кирип келиўи, спектакльдиң кɵркемлигин және де байытқан. Қулласы, мың мәрте еситкеннен бир мәрте кɵрген жақсы дегендей, бәриңизди спектакльди тамашалаўға шықыраман.

Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагɵйлер театрының мәлимлеме хызмети