“Мәртебең бәлент болсын, ана тилим” сүрени астында байрам салтанаты болып өтти
4271
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында 1-декабрь – Қарақалпақстан Республикасының “Мәмлекетлик тил ҳаққында”ғы Нызамы қабыл етилгенине 33 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, ана тили – бул қарым-қатнас қуралы болыўы менен бирге, нешше әсирлер даўамында өзиниң қәдир-қымбатын жойтпай, биз әўладларға шекем жетип келген бийбаҳа ғәзийне болып табылады. Ҳәр бир халықтың өзине тән өзгешелигин, ҳəр бир елдиң раўажланыў басқышларын ҳәм келешегин белгилеўде ана тилиниң тутқан орны айрықша саналады. Сонлықтан, ҳәр бир өсип киятырған әўлад ана тилин қәстерлеўи, оның келешек әўладқа сап ҳалында жетип барыўын тәмийинлеўи керек.
Өткерилген байрам салтанатында Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Турсынхан Худайбергенов, Республика Мəнаўият ҳəм мəрифат орайы басшысы Минҳожиддин Ҳожиматов, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығы, Өзбекстан халық шайыры Сирожиддин Сайдов, Өзбекстан халық жазыўшысы Муҳаммад Али ҳəм басқа да бир қатар қəдирли мийманлардың қатнасыўы – бул халқымызға, қарақалпақ тилине деген жоқары ҳүрмет ҳəм итибардың көриниси саналады.
Соңғы жыллары елимизде ана тилимизди сақлаўға, оны және де байытыўға айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда кең көлемли ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.
Бул бағдарда Нөкис қаласында Ибрайым Юсупов атындағы қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәнин терең үйрениўге бағдарланған дөретиўшилик мектебиниң ашылғаны, Министрлер Кеңеси Баслығы ҳәм қала, район ҳәкимлериниң мәмлекетлик тил ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етилиўин тәмийинлеў мәселелери бойынша кеңесгөйи лаўазымының енгизилгени, Шымбай районында қарақалпақ әдебиятының ири ўәкиллери болған Күнхожа ҳәм Бердақ шайырлардың ҳүрметине мақбара ҳәм музейдиң қурылғаны, қарақалпақ тилиндеги жаңа сабақлықлар менен қолланбалардың, әдебий китаплардың, китапша ҳәм монографиялардың баспадан шығарылып атырғаны, дүньяның раўажланған мәмлекетлеринде ана тилимиздиң халық-аралық жойбарлар тийкарында изертленип атырғаны, латын имласындағы “Қарақалпақ тилиниң орфографиялық сөзлиги”ниң басып шығарылғаны, Қуран мәнилериниң ҳәм басқа да бир қатар диний китапларының қарақалпақ тилиндеги аўдармаларының баспадан шыққанлығы – булардың барлығы ана тилимизге болған жоқары ҳүрмет ҳəм итибардың көриниси саналады.
Мəмлекетлик тилимиздиң тазалығын сақлаў ҳəм оны раўажландырып барыў бағдарында əмелге асырылып атырған илажлар ҳаққында сөз еткенде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының арнаўлы Қарарлары тийкарында Министрлер Кеңеси жанында Мәмлекетлик тилди раўажландырыў Департаменти, сондай-ақ, Қарақалпақ тилин раўажландырыў фонды шөлкемлестирилип, бир қатар ўазыйпалар белгилеп алынғанын атап көрсетиў мүмкин.
Бүгинги күнде қарақалпақ тилиниң халықаралық көлемдеги орны ҳәм абырайын арттырыў бағдарлары бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда «Қарақалпақ тилиниң санластырылған технологиясы» атамасындағы илимий әмелий жойбары әмелге асырылмақта, қарақалпақ тилиндеги аудио-китаплар платформасын жаратыў үстинде жумыслар алып барылмақта, терминлердиң қарақалпақ тилиндеги эквивалентлери Атамалар комиссиясы тәрепинен ислеп шығылып, 5 томлық “Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги” китабы баспаға таярланып атыр.
Соны да айрықша атап өтиў керек, қарақалпақ тилиниң энциклопедиялық сөзлигин тараўлар бойынша жаратыў жумыслары да даўам еттирилмекте.
Буннан тысқары, “Қарақалпақша – өзбекше – қазақша – түркменше - орысша лингвистикалық терминлер сөзлиги”ниң баспадан шығыў алдында турғанлығын да айрықша айтып өтиў керек.
Әлбетте, булардың барлығы ана тилимизге болған жоқары итибар ҳәм ғамхорлықтың әмелдеги көриниси болып табылады.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети