Таңлаў жеңимпазларына сертификатлар тапсырылды

17-сентябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Жоқарғы Кеңес жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фонды тәрепинен мәмлекетлик грантлар жәрияланған 5-таңлаўдың жеңимпазларына сертификатлар тапсырылды.

Илажды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Социаллық-мәдений раўажланыў ҳәм жәмийетлик бирлеспелер мәселелери комитети баслығы, Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссиясының баслығы Д.Қурбаниязов ашты ҳәм алып барды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси жанындағы жәмийетлик фонд тәрепинен 2021-жылдың 27-июльдан 27-августқа шекемги мүддет аралығында мәмлекетлик грант ушын жәрияланған 5-таӊлаўына келип түскен жойбарлар Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссияның ағзалары тәрепинен қаралып, олардыӊ мазмуны, тийкарғы мақсетлери, әмелге асырыў механизмлери ҳәм күтилип атырған нәтийжелери додаланған еди.

Қарақалпақстан Республикасында жумыстан ҳәм аỹырыỹдан болған майыплар бирлеспесиниң     – “Меҳир қуяшынан бахыт тапқан инсанлар”, “Дослыққа кесент  бермейтуғын миллийлик”, Қарақалпақстан Республикасы “Меҳир булағы” майыплығы болған шахслардың мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң “Еркинлик ҳәм теңлик шарапаты”, “Ақманғыт таңы” газетасы редакциясының “Бир пуқара – бир даўыс!”, “Қарақалпақстан ҳаỹазы” газетасы редакциясының “Мен бир даỹысқа ийемен”, Қарақалпақстан Республикасы “Жыраỹ бақсылар” жәмийетлик бирлеспесиниң «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм пәраўан жасайық!» сүрени астында белгили жыраỹ-бақсылардың қатнасыỹында ушрасыỹ-концертлерин өткериỹ жойбарлары жеңимпаз, деп табылды.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети