Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Тахтакөпир районындағы алыс аймақларда аўыл хожалығы егислик майданларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды барып көриў мақсетинде Белтаў аўыл пуқаралар жыйыны аймағында болды.
Онда Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кеңесгөйи Т.Худайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов, Республика прокуроры Э.Таджиев, Ишки ислер министри Б.Торебеков ҳәм басқа да бир қатар жуўапкерлер қатнасты.
Пуқаралардың абадан турмысын тәмийинлеў бағдарында республикамыздың алыс аймақларында жасаўшы пуқараларды ишимлик суўы менен тәмийинлеў, олардың күнделикли турмысында пайдаланыўы ушын суў жеткерип берилиўин жолға қойыў да усы тийкардағы жумыслардан болып, тайнапыр бурғылаўшы техникалар жәрдеминде артезиан қудықларын қазыў жумыслары Тахтакөпир районының алыс Белтаў АПЖ аймағынан басланған еди. Ҳәзирги ўақытта аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан үлкен көлемдеги артезиан қудықлары қазылып, 500-600 мт тереңликтен суў шығарыўға ерисилди.
Сондай-ақ, аймақта жаңа егислик жерлерин ашыў мақсетинде 2000 гектар жер майданы таярланды. Бул ушын зәрүрли барлық техникалар мобилизация етилди. Соның менен бирге, усы егислик майданларына тамшылатып суўғарыў жолы менен суў жеткерип берилиўин тәмийинлеў мақсетинде 12 орында жасалма суў сақлаўшы бассейнлерди қазыў жумыслары алып барылды. Нәтийжеде жыллар даўамында қараўсыз қалған егислик майданлары қайта жанланды.
Бугинги күнде жыллар даўамында қараўсыз қалып, тың болып қалған атызлар пахта майданларына айландырылған. Сондай-ақ, халқымыз базарларына арзан ҳәм сапалы азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериў мақсетинде помидор, картошка, асқабақ, мәкке ҳәм басқа да дәнли егинлер егилди.
Суўдан үнемлеп, нәтийжели пайдаланыў мақсетинде аўыл хожалығы майданларына тамшылатып суўғарыў системасы тийкарында суў жеткерип бериў жолға қойылды.
Бул әмелге асырылып атырған жумыслар нәтийжесинде аўыл турғынлары суў менен тәмийинленди, ең баслысы, жаңа жерлер ашылыўы менен аўыл халқы ушын жаңа жумыс орынлары да жаратылып, аймақ турғынларының турмыс абаданлығы жақсыланыўы ушын бар мүмкиншилик жаратылды.
Аўылға суў келип, өмир қайта басланғанлығы бүгин ҳәр бир шаңарақтың үй алды қыйтақ жерлеринде де айқын сезиледи. Себеби, бүгин мөлдек жерлер суўғарылып, тегис егилген. Кимиси баў-бақша, овош егинлерин егип, жазда шаңарақ ағзалары менен бирге атыздан үзип алып дәстүрхананы тартыўды нийет еткен болса, және басқалары мийўе нәллерин тегис отырғызып, жаңа бағқа тийкар салған.
Аўыл ҳәзирги ўақытта жаңадан өмир баслаған.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети