Әмиўдәрья районы жаслары менен ушырасыў өткерилди

Жаслар менен ашықтан-ашық сөйлесиў, олардың машқалаларын орнында үйрениў ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаў мәмлекетимиз жаслар сиясатында әҳмийетли орын ийелейди. Әсиресе, «Ҳәр пийшемби — Жаслар күни» шеңберинде шөлкемлестирилип атырған ушырасыўлар жаслар ушын жаңа имканиятлар жаратыўға хызмет етпекте.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Әмиўдәрья районында болып, жаслар менен сәўбетлести.
Сөйлесиў даўамында жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды кәсип-өнерге бағдарлаў, исбилерменлик жумысын баслаў ҳәм раўажландырыў, жеңиллетилген кредитлерден пайдаланыў ҳәм билим алыў имканиятларын кеңейтиў мәселелери талқыланды.
Жаслар да өзлерин қызықтырған сораўлар, бар болған машқалалар ҳәм алдағы әмелге асырыўды режелестирип атырған басламалары менен бөлисти. Олардың ҳәр бир мүрәжаты ҳәм усынысы ҳәр тәреплеме тыңланып, тийисли тараўлар бойынша жуўапкерлерге анық ўазыйпалар жүкленди.
Жоқарғы Кеңес Баслығы көтерилген мәселелерди итибардан шетте қалдырмаў, жаслардың басламаларын әмелий қоллап-қуўатлаў зәрүрлигин атап өтти. Мүрәжатлардың унамлы шешилиўи жеке қадағалаўға алынды.








