Елликқалада заманагөй пахта қабыллаў ҳәм қайта ислеў заводы пайдаланыўға тапсырылды

Елликқала районында «Элликқалъа олтин толаси кластер» ЖШЖ тәрепинен қурылған пахтаны қабыллаў ҳәм қайта ислеў заводы жумыс баслады.
Улыўма баҳасы 20 млрд. сумды қурайтуғын бул жойбар аймақта санаатты раўажландырыў, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған болып, жойбарды әмелге асырыў ушын «Агробанк» тәрепинен 7 млрд. сум жеңиллетилген кредит қаржысы ажыратылған.
Жыллық 30 мың тонна пахтаны қайта ислеў қуўатлылығына ийе болған бул завод районда жетистирилип атырған пахта шийки затын өз ўақтында қабыл етиў, қайта ислеў ҳәм оның қосымша қунын арттырыўға хызмет етеди.
Жойбардың және бир әҳмийетли тәрепи — кәрхананың жумысын жолға қойыў нәтийжесинде 110 жаңа турақлы жумыс орны жаратылды. Бул болса халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм шаңарақлардың дәраматын арттырыўға мүнәсип үлес қосады.

