«20-август – Исбилерменлер күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты өткерилди
«20-август – Исбилерменлер күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты өткерилди
1416
Бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «20-август – Исбилерменлер күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен бүгинги күнде оғада əҳмийетли болған, исбилерменлик жумысын кеңейтиў ҳәм жаңа жойбарларды әмелге асырыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, исбилерменликти раўажландырыўға тосқынлық етип атырған машқалаларды сапластырыў бойынша турмысқа енгизилип атырған басламалар, қабыл етилип атырған пәрман ҳәм қарарлар ҳаққында кең түрде атап өтти.
Жақында ғана, 8-август күни “Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлерге қолайлы шараятлар жаратыўға тийисли қосымша илажлар ҳаққында”ғы 129-санлы және бир тарийхый Президент Пәрманы қабыл етилди.
Буннан тысқары, мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 31-августтағы 213-санлы тарийхый Пәрманы менен бир қатар жеңилликлер ҳәм мүмкиншиликлер жаратылды.
Өткерилген байрам салтанатында мине усындай исбилерменлер ушын жаратылған кең имканиятлар, көрсетилип атырған ғамқорлықлар, берилген жеңилликлер ҳәм усы тийкарда елимизде бизнес орталығы жақсыланып, исбилерменлер саны көбейип атырғанлығы кең түрде атап өтилди.
Байрам илажында ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы Пәрманлары тийкарында сыйлықланған Мойнақ районындағы «Mойнақ Tур» жәмийетиниң директоры Амина Бекжановаға «Дўстлик» ордени, Нөкис районындағы «Нукус Агро Фиш Кластер» кәрханасының баслығы Қаллибек Примбетовқа «Шуҳрат» медалы, сондай-ақ, 6 белсенди исбилерменлеримизге “Фаол тадбиркор” көкирек белгиси салтанатлы түрде тапсырылды.
Буннан тысқары, Жоқарғы Кеңес Президиумы қарары менен бир қатар исбилерменлер Жоқарғы Кеңестиң көкирек белгилери, Ҳүрмет жарлықлары ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Байрам илажы көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети