Алыс «Кердер» аўылында байрам салтанаты көтериңки руўхта өткерилди
Алыс «Кердер» аўылында байрам салтанаты көтериңки руўхта өткерилди
1104
Бүгинги күнде Нөкис районынындағы «Кердер» аўыл пуқаралар жыйыны шын мәнисинде абаданластырыў ҳәм қурылыс майданына айланған. Себеби, аймақта «Абат үй, абат көше, абат мәҳәлле» өлшемлери тийкарында кең көлемли дөретиўшилик жумыслары алып барылмақта. Усындай қуўанышлы ўақыялар қатарында аўыл пуқаралар жыйынында бүгин Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 32 жыллығы мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, жыйналғанларды байрам мүнәсибети менен қызғын қутлықлады ҳәм соңғы жыллары елимизде Президентимиз басшылығында алып барылып атырған оғада көлемли жумыслар, пуқаралардың турмыс абаданлығын, ҳәр бир инсанның бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў бағдарындағы ийгиликли әмеллер ҳаққында атап өтти. Буннан соң, «Абат шаңарақ» таңлаўы жеңимпазлары сыйлықланды ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген бир қатар жасларға субсидия тийкарында мийнет қураллары тапсырылды.
Айтып өтиў керек, соңғы жыллары елимизде мәҳәллелерди абат етиў жолында, ең шетки мәҳәллелерге де итибар қаратылып, аймақлардағы инфраструктура менен байланыслы машқалаларды шешиў илажлары көрилмекте. Усы тийкарда көпшилик мәҳәллелер үлгили ҳәм абат мәсканларға айланып, жаңаша көриниске енип атыр. «Кердер» аўылы да мине усындай орынлардың бири сыпатында дизимге алынып, бүгинги күнде реже тийкарында аймақтағы ҳәр бир көше, ҳәр бир үйди абат етиў илажлары көрилмекте.
Байрам илажы мәденият ҳәм көркем өнер хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети