Жоқарғы Кеңес Баслығы исбилерменлер менен ушырасып, машқалаларын тыңлады
Жоқарғы Кеңес Баслығы исбилерменлер менен ушырасып, машқалаларын тыңлады
997
Жоқарғы Кеңес Баслығы исбилерменлер менен ушырасып, машқалаларын тыңлады
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев бизнести қоллап-қуўатлаў ҳәм жаңа жойбарларды иске түсириўде ушырасып атырған машқалаларды анықлаў бойынша исбилерменлер менен ушырасты.
Онда ҳүрметли Президентимиздиң Қарақалпақстан ушын ҳәм Қарақалпақстанда исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ушын қабыл етилген бир қатар пәрман ҳәм қарарлары қабыл етилгенлиги, усы тийкарда республикамыз исбилерменлери ушын оғада үлкен мүмкиншиликлер жаратылғанлығы айрықша тилге алынды.
Бүгинги күнге келип мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде бир қатар инвестициялық жойбарлар бойынша мәнзилли дизим ислеп шығылған болса да, тилекке қарсы, айырым жойбарлардың иске түсирилиўинде бир қатар машқалалар ушыраспақта. Бунда жаңа жойбарлардың иске түсирилиўи менен байланыслы айырым машқалалар бой көрсетип атыр.
Өткерилген ушырасыўда исбилерменлер тәрепинен бир қатар мәселелер көтерилди. Билдирилген мүрәжатлар тийкарынан бизнести қаржыландырыў ҳәм кредит ажыратыўдағы машқалалар, исбилерменлик жумысын жетилистириўде ушырасып атырған бюрократиялық тосықлар ҳәм айырым жөнелислердеги исбилерменлик жумысларын қоллап-қуўатлаў бойынша болып, Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен барлық машқалалар тыңланды.
Өз нәўбетинде, исбилерменлер тәрепинен көтерилген мәселелер Жоқарғы Кеңес Баслығының жеке қадағалаўына алынды ҳәм ҳәр бир жаңа жумыс орынларын жаратыў нийети бар исбилермен қоллап-қуўатланатуғынлығы атап өтилди.
Ушырасыў соңында ўазыйпалар белгилеп алынды ҳәм тийисли тапсырмалар берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети